Өзбекстан президентлигине кандидат өмирбаяны

 

ӨЗБEКСТАН «АДОЛАТ» СОCИАЛ-ДEМОКРАТИЙАЛÍҚ ПАРТИЙАСÍНАН

ӨЗБEКСТАН РEСПУБЛИКАСÍ ПРEЗИДEНТЛИГИНE ТАЛАБАН

ӨМИРБАЯН


Махмудова Робахон Анваровна 1958-жыл 9-ноябьрде Ферғана ўәлаятының Ферғана районында зыялылар шаңарағында туўылған.

 Миллети – өзбек.

Мағлыўматы жоқары. 1983-жылы Ташкент мәмлекетлик университетиниң “Ҳуқықтаныў” факультетин тамамлаған. 

Мийнет жолын 1976-жылы Ферғана ўәлаяты судының хаткери ўазыйпасынан баслаған. 1979-1983-жыллары Ферғана қалалық 1-санлы Мәмлекетлик нотариаллық мәкемесиниң нотариусы, 1983-1987-жыллары Ферғана ўәлаяты Әдиллик басқармасы баслығының орынбасары, 1987-1990- жыллары Ферғана ўәлаяты партия комитетиниң инструкторы, 1990-1999- жыллары Ферғана ўәлаяты Әдиллик басқармасы баслығының биринши орынбасары, 1999-2001- жыллары Ферғана ўәлаяты судының судьясы, 2001-2004-жыллары Ферғана қалалық судының баслығы, 2004-2008-жыллары Өзбекстан Республикасы Жоқарғы судының судьясы, 2008-2013-жыллары Ферғана ўәлаяты судының баслығы, 2013-2017-жыллары Ферғана юридика колледжиниң оқытыўшысы ўазыйпаларында ислеген.

Махмудова Робахон Анваровна 2017-2020- жыллары Ферғана ўәлаяты Халық қабыллаўханасы баслығы, 2020-жыл январь айынан Олий Мажлис Сенатының Илим- билимлендириў ҳәм ден-саўлықты сақлаў мәселелери комитети баслығы лаўазымларында жумыс алып барған.

2020-жыл 13 -июльдан ҳәзирги күнге шекем Өзбекстан Республикасы Жоқарғы суды баслығының биринши орынбасары – ҳәкимшилик ислер бойынша судлаў коллегиясы баслығы лаўазымында ислеп келген.

Махмудова Робахон Анваровна өзиниң мийнет жолы даўамында, мәмлекетимизде әдил судлаўды әмелге асырыў, суд системасын реформалаў, судлар бийғәрезлигин тәмийинлеўге байланыслы реформалардың белсенди қатнасыўшысы есапланады.

Жынайый жазаларды либералластырыў, жаза белгилеўде әдилликти тәмийинлеўге байланыслы, бир қатар Жоқарғы суд Пленумы қарарлары авторы.

Махмудова Робахон Анваровна тәжирийбели юрист сыпатында нызам үстинлигин тәмийинлеў, ҳаял-қызлар ҳуқықларын қорғаў, жарастырыў институтын жетилистириў бағдарында нәтийжели жумыс алып бармақта.

Махмудова Робахон Анваровна 140 тан артық илимий ҳәм көпшиликке бағдарланған мақалалар,судьялар ушын 10 ға жақын методикалық қолланбалар авторы есапланады.

2020-жылы “Фидокорона хизматлари учун” ордени менен сыйлықланған. Биринши квалификация дәрежели судья.

Махмудова Робахон Анваровна шаңарақлы, еки перзенттиң анасы. Өмирлик жолдасы Т.Маҳмудов - пенсияда