САЙЛАЎАЛДЫ БАҒДАРЛАМАСЫ

ӨЗБЕКСТАН РЕСПУБЛИКАСЫ ПРЕЗИДЕНТЛИГИНЕ

«АДОЛАТ» СОЦИАЛ-ДЕМОКРАТИЯЛЫҚ ПАРТИЯСЫНАН

ТАЛАБАН МАҲМУДОВА РОБАХОН АНВАРОВНАНЫҢ

САЙЛАЎАЛДЫ БАҒДАРЛАМАСЫ

 

АЛҒЫ СӨЗ

2023-жыл 30-апрель күни болып өткен референдумда, халқымыз айрықша белсендилик ҳәм үлкен исеним менен, жаңа редакциядағы Өзбекстан Республикасы Конституциясын қоллап-қуўатлап даўыс берди.

Әлбетте, буның түп негизинде үлкен турмыслық ҳақыйқат, халқымыз арзыў еткен жаңа турмысты жаратыў мәқсети жәмленген.

Ҳақыйқатында да әдалатлы жәмийет, демократиялық ҳуқықый, мәмлекет қурыўға бел байлаған ҳар қандай ел, ең әўеле раўажланыўы, абаданлығы жолындағы реформаларды өз Конституциясында сәўлелендириўге, онда инсан қәдир-қымбатын, оның ҳуқық ҳәм еркинликлерин, барлық қәдириятлардан үстин қойыўға ҳәрекет етеди.

Алдағы тийкарғы ўазыйпа – жаңа редакциядағы Конституцияны сөзсиз ҳәм толық әмелге асырыў, онда беккемленген ең баслы принциплерди, раўажланыў мәқсетлерине сәйкес тәризде жүзеге шығарыў, мәмлекет органларының жумысын жаңаша конституциялық-ҳуқықый шараятларда жолға қойыў, пуқаралар өз турмысында халық Конституциясы руўхын анық сезинип турыўын, әмелде тәмийинлеўден ибарат.

Усы көз-қарастан, сиясий майданда халықшыл ҳәм турмыслық идеялары менен өз орны ҳәм абырайына ийе болған Өзбекстан “Адолат” социал-демократиялық партиясы мүддетинен алдын Өзбекстан Республикасы Президенти сайлаўы алдынан, ўатанымыз раўажланыўы  жолында демократиялық ҳуқықый социаллық мәмлекет ҳәм барлық пуқаралар ушын абаданлықты тәмийинлеўге қаратылған, әдалатлы пуқаралық жәмийетин қурыўдың социал-демократиялық моделин усыныс етеди ҳәмде оның тийкарғы қағыйдалары төмендегилерден ибарат:

- инсан ҳәм оның ҳуқықлары, еркинликлери менен нызамлы мәплери мәмлекет ҳәм жәмийеттиң ең жоқары қәдириятлары екенлигин тән алып, жәмийет ҳәм мәмлекет турмысының барлық салаларында, ҳәр бир инсанның абадан турмысы ушын зәрүр шараятлар жаратыў, социаллық әдиллик ҳәм нызым үстинлигин тәмийинлеў;

- Өзбекстанның еркинлик, имкәниятлар теңлиги, әдиллик, тилеклеслик, социаллық қорғаў ҳәм жуўапкершилик принциплери ҳүкимлик ететуғын, инсанлардың кескин қатламларға бөлинип кетиўине жол қойылмайтуғын, күшли социаллық мәмлекет сыпатында халықтың жоқары турмыс дәрежесине ийе, раўажланған мәмлекетлер қатарына қосылыўына ерисиў;

- халық мәмлекет ҳәкимиятының бирден-бир негизи екенлиги ҳаққындағы, конституциялық принцип мәмлекет сиясатының баслы жөнелиси екенлигин атап өтип, халық ҳәкимиятының жарқын тымсалы болған, ўәкиллик демократиясы институтының роли ҳәм әҳмийетин жәнеде асырыў;

 - мәмлекет экономикасының турақлы раўажланыўын тәмийинлеў, жәмийеттиң инновациялық, интеллектуаллық потенциалын жүзеге шығарыў ҳәм инсан капиталын раўажландырыў;

- ҳәр бир инсан абаданлығының гиреўи есапланған тынышлық ҳәм қәўипсизликти тәмийинлеў, пуқаралар татыўлығы, миллетлераралық ҳәм динлераралық кеңпейилликти беккемлеў, ҳәр тәреплеме теңсалмақлы, өз-ара пайдалы ҳәм конструктивлик сыртқы сиясат алып барыў.

Биз халқымыздың арзыў – үмитлери ҳәм турмыслық зәрүрликлерине тийкарланған ҳалда, өтмиш сабақларынан дурыс жуўмақ шығарып, мәмлекетимиздиң келешек әўлады алдындағы жуўапкершилигин сезинип, төмендеги баслы ўазыйпаларды илгери сүремиз.

I. ҲУҚЫҚЫЙ МӘМЛЕКЕТ ҚУРЫЎ – НЕГИЗГИ МӘҚСЕТИМИЗ

Халқымыз мақуллап берген Конституцияда, биринши мәрте Өзбекстан Республикасы ҳуқықый мәмлекет деген норма өз сәўлелениўин тапты.

Бас нызамымызда, инсан ҳуқықлары кепилликлерине байланыслы тийкарғы нормалар 3,5 есеге көбейтилди.

Бул барлық тараўларда нызам үстинлигин тәмийинлеў - ең тийкарғы ўазыйпамыз болыўы лазымлығын аңлатады.

Себеби,нызам үстүн болған жәмийетте тынышлық ҳәм татыўлық ҳүким сүреди, раўажланыўдың турақлы ҳәм даўамлылығы тәмийинленеди, халықтың мәмлекет сиясатына ҳәм келешекке болған исеними артады, пуқаралардың Ўатан тәғдирине бийпарық емеслик сезими жоқарылайды.

Усы көз-қарастан биз “Нызам үстинлиги – әдалатлы жәмийет қурыўдың әҳмийетли шәрти” деген принципти, жәмийеттиң ҳәр бир ағзасы, әсиресе, лаўазымлы шахслар жумысының әҳмийетли шәртине айландырыўға умтыламыз.

 “Адолат” СДП ушын жоқары қәдирият бул – инсанның ҳуқық ҳәм еркинликлери есапланады!

Инсан ҳуқық ҳәм еркинликлерин исенимли тәмийинлеў, ҳәр бир шахстың қәдир-қымбатын ҳүрметлеў, еркин ҳәм әдил жәмийеттиң ажыралмас өзгешелиги есапланады.

Инсан ҳуқық ҳәм еркинликлерин исенимли қорғаў ушын биринши нәўбетте, судлар бийғәрезлигин тәмийинлеў ҳәм усы мәқсетте судьялардың, Халық депутатлары Кеңеслерине мәлимлеме бериў әмелиятын бийкар етиўди илгери сүремиз.

Биз судлар әдалат қорғаны болыўы тәрептарымыз!

 Судьялар санын көбейтиў, олардың қәнийгелесиўин жәнеде кеңейтиў, атап айтқанда шаңарақлық, мийнет, интеллектуал мүлк, жас өспиримлер ҳуқықларын қорғаўға байланыслы тартыслар бойынша, қәнигелестирилген судьялар корпусын қәлиплестириў мәселелери дыққат орайымызда болады.

Нызам тийкарында жасаў - турмыс тәризимизге айланыўы зәрүр.

Буның ушын ең әўеле, Конституция ҳәм нызамлардың үстинлигин тәмийинлеўимиз шәрт.

 Бул бағдарда Конституциямызда, жетик ҳуқықый механизмлер көзде тутылған болып, биз мәмлекет хызметине жумысқа киретуғын ҳәр бир хызметкерди, Конституцияны билиў бойынша сынақтан өткериў лазым деп есаплаймыз.

Соның менен бирге, суд ҳәм ҳуқық қорғаўшы органнан “қашыў” стереотипин түп-тийкарынан өзгертиўимиз керек.

Сондай мәдениятты қәлиплестириўимиз керек, ҳәр бир инсан қандайдур ҳуқықбузарлықтың гуўасы болса, оған бийпарық болмаў керек емеслигин, ҳуқық қорғаў органына хабар етиў әдиўли пуқаралық миннети екенлигин аңлаўы лазым.

Буның ушын ҳуқықбузарлыққа гүўа болған адамды, суд ҳәм тергеў органларына әўере етип шақыра берместен, заманагөй санлы технологияларды кең қолланыў ҳәм оларды хошаметлеў сыяқлы усыллардан пайдаланыўды усыныс етемиз.

Соның менен бирге суд ҳәм ҳуқық қорғаў уйымларының жумыс ислеў усылын өзгертиў, атап айтқанда, олардың искерлигиндеги елеге шекем сақланып қалып атырған айрым ескише жантасыўларды сапластырыў, және де анық айтатуғын болсақ, жазалаў идеясынан әдиллик, теңлик, еркинлик идеяларына өтиўи зәрүр деп есаплаймыз.

Мәлим болғанындай инсан ҳуқықларын тәмийинлеў ҳәм оны мүнәсип қорғаўда адвокатура институтының орны ҳәм роли  айрықша.

Сол себепли, әдил судлаўды тәмийинлеўде адвокатларға берилген ҳуқықларды қайта көрип шығыў, оларға кәсиплик ўазыйпаларын нәтийжели орынлаўы ушын қосымша ўәкилликлер бериў зәрүр.

  Адвокатура институтын раўажландырыўға қарай жәнеде жылдам қәдемлер таслаў керек.

Судьяның суд процессиндеги белсендилик ролин басқышпа-басқыш кемейтип барып, тийкарынан тәреплер арасындағы келтирилетуғын дәлиллерди баҳалаўға көбирек әҳмийет бериў керек.

Биз адвокатура хызметине заманагөй мәлимлеме-коммуникация технологияларын жәнеде кеңирек енгизиў жолынан барамыз.

Әсиресе, адвокатура, суд ҳәм ҳуқық қорғаўшы органлар ҳәмде басқа мәмлекет органлары арасында электрон мағлыўмат  алмасыўын жәнеде жақсылаў иләжларын көремиз.

Соның менен бирге, кем әҳмийетли қәтелер ушын нотариуслер хызметин тоқтатып турыў әмелиятын бийкарлаў, биринши мәртебе яки қопал емес қәтелер ушын нотариуслерге жарийма қоллаў әмелиятын жолға қойыўды усыныс етемиз.

Биз коррупциядан аўлақ жәмийет жолында - халқымыз бенен биргеликде гүресиўди даўам еттириўимиз лазым.

Мәқсетимиз – мәмлекет басқарыўының барлық тараўларында, атап айтқанда, суд системасы ҳәм ҳуқық қорғаў мәкемелери жумысында, билимлендириў ҳәм ден-саўлықты сақлаў, қурылыс ҳәм басқа тараўларда коррупцияны жоқ етиў есапланады.

Халықтың кең қатламы, әсиресе, жаслар арасында коррупцияға қарсы аяўсыз мүнәсибетте болыў орталығын ҳәм мәдениятын қәлиплестириў, мәмлекет органлары ҳәм лаўазымлы шахслар хызметине “Таза қолларсиясатын сиңдириў, нызам үстинлигин тәмийинлеў иләжларын көремиз.

Ҳүкимет ағзасы болған атқарыўшы ҳәкимият уйымы басшысы, өзи басшылық етип атырған тараўға ажыратылған қәрежетлерди нәтийжели ҳәм мәқсетли ислетиў бойынша, биринши нәўбетте өзи жуўапкер болатуғын система енгизилиўин қоллап-қуўатлаўмыз.

Коррупцияға қарсы гүресиў тек ғана мәмлекет уйымлары ҳәм ҳуқық қорғаў уйымларының ўазыйпасы болып қалмастан, бәлким пүткил жәмийеттиң миннети екенлигин аңлаған ҳалда, корррупцияға қарсы гүресиў мәдениятын қәлиплестириўге қаратылған системалы ис-илажларды ислеп шығамыз ҳәм халықтың кең қатламына жеткериў бағдарында нәтийжели үгит-нәсият жумысларын шөлкемлестиремиз.

Тийкарғы сүренимиз – әдалатлы келешекти таңлаймыз!

Биз инсан ҳуқықларын тәмийинлеў ушын жаңа имкәниятларды ашыў тәрептарымыз.

Биз парламентаризм ҳәм парламент демократиясын жәнеде раўажландырыў жолында төмендеги ис-илажларды әмелге асырыўды әҳмийетли деп билемиз:

  • Исбилерменлик субъектлерине қосымша қәрежетлер жүклейтуғын барлық нормалардың тек ғана, нызамлар арқалы қабыл етилиўине ерисиў;
  • Нызамларды туўрыдан-туўры ислейтуғын механизмлер менен қабыл етиў, бул бағдарда парламент комитетлери жумысын күшейтиў;
  • парламент искерлигинде исбилерменлик субъектлери жумысларына арасласпаў, оларға байланыслы мәселелерди атқарыў уйымларынан талап етиў;
  • депутатлардың жумыс ўақтының ярымын өз сайлаўшылары жанында өткериўин белгилеўши тәртипти енгизиў керек, олар халық пенен бирге ислесин;
  • Парламент комитетлериниң баслығы ҳәм баслық орынбасарлары бир партиядан болыўын шеклеў.

“Адолат” СДП жергиликли атқарыў ҳәкимияты уйымлары үстинен депутатлық қадағалаўын күшейтиў арқалы, Халық депутатлары жергиликли Кеңеслерниниң ролин асырыў тәрептарымыз.

Усы жөнелисте мәмлекетте басқарыў интизамын сақлап қалыў мәқсетинде, Халық депутатлары ўәлаят, район, қала Кеңеслери депутатлары ҳәкимлерге исенимсизлик билдириў ҳуқықына ийе болыўы керек.

Биз жергиликли мәмлекет ҳәкимияты уйымлары жумысын тәртипке салыўшы нызамшылық ҳүжжетлериниң толық хатлаўдан өткерилип, жетилистирилиўи тәрептарымыз.

Жергиликли бюджет қәрежетлеринен нәтийжели ҳәм ақылға уғрас пайдаланыўды тәмийинлеў ушын, усы қәрежетлер есабынан қаржыландырылып атырған штатлар санын оптимизациялаў бойынша  басламаларды илгери сүремиз.

Биз мәмлекет басқарыўында ашықлық ҳәм әшкаралықты тәмийинлеў, онда пуқаралар қатнасын кеңейтиўдиң заманагөй ҳәм нәтийжели усылларын енгизиў тәрептарымыз.

Бул бағдарда әдалатлы жамийет ҳәм ҳуқықый мәмлекет қурыўдың барлық салаларында, нызамшылық ҳәм инсаныйлық принциплерине әмел етиў ушын, жәмийетшилик қадағалаўын күшейтиў үлкен әҳмийетке ийе.

Бундай қадағалаўды шөлкемлестириўде партия жәмийетшилик ҳәм социаллық шөлкемлер менен жақын бирге ислесиўге ҳәрекет қылады.

Мәлим болғанындай, мәмлекет органлары тәрепинен инсанға салыстырмалы қолланылатуғын ҳуқықый тәсир шаралары үйлесимлик принципине тийкарланыўы ҳәм нызамларда нәзерде тутылған мәқсетлерге ерисиў ушын жетерли болыўы лазымлығы Конституциямыздың 20-статьясында әҳмийетли норма  сыпатында айрықша беккемленип қойылды.

Биз анаў ямаса мынаў ҳуқықбузарлықты жарийма яки басқа жаза шара муғдарын асырыў менен емес, бәлки жазадан гөзленген мәқсетке ерисилгенлиги ҳәм әдил шешилгенлиги менен алдын алыў керек деп есаплаймыз.

Конституциямызда ҳеш ким суд қарарысыз 48 сааттан артық услап турылыўы мүмкин емеслиги белгиленди ҳәм еркинликти шеклеўге тек ғана, суд қарары тийкарында жол қойылыўы ҳаққындағы норма беккемленди.

Айыпланыўшыға өзине қарсы көрсетпе бермеў, яғный, “үнсизлик” ҳуқықы биринши мәртебе айрықша белгилеп қойылды.

Адвокатлар статусы асырылып, олардың тергеўши ҳәм прокурор менен тең ўәкилликке ийе екенлиги атап өтилди.

Биз Тийкарғы нызамымызға киритилген усы алдыңғы нормаларды турмысымызға избе-излик пенен енгиземиз.

Буның ушын суд-ҳуқық мәкемелериниң кадрлар потенциалын жақсылаўға биринши нәўбетте итибар қаратамыз.

Бул жөнелисте, ең әўеле,тергеўши, прокурор, судья, адвокатлардың билим ҳәм маманлығын жоқарылатыўға, халықтың ҳуқықый мәдениятын асырыўға ҳәрекет етемиз.

II. СОЦИАЛЛЫҚ ӘДАЛАТТЫ ҲӘМ МИЛЛИЙ ЭКОНОМИКАМЫЗДЫҢ ТУРАҚЛЫ ӨСИЎИН ТӘМИЙИНЛЕЙМИЗ

Барлық тараўларда социаллық әдилликти жүзеге шығарыў биз ушын әҳмийетли.

Биз дәстүрий социал-демократияның, социаллық әдиллик принципи ҳәм кең көлемли бағдарламаларының әмелге асырылыўын тәмийинлейтуғын, күшли социаллық мәмлекет сиясатын қоллап –қуўатлаймыз.

Мийнет нызамшылығы үстинлиги, хызметкерлердиң ҳуқықлары толық тәмийинлениўи тәрептарымыз.

Халықтың бәнтлигин тәмийинлеў, жаңа жумыс орынларын жаратыў, халықтың реал дәраматларын асырыўға айрықша итибар қаратамыз.

Конституциямызға көре ҳәр бир инсан үй-жайлы болыўға ҳақылы.

Усы конституциялық норманы тәмийинлеў ушын биз, өз дәраматы менен турақ-жайлы болыў имкәниятына ийе болмаған, пуқаралар ушын қосымша имкәниятлар жаратыў иләжларын көремиз.

Биз мәмлекетимизде ислеп атырған жалланба ҳәм мәўсимлик жумысшыларға кең шараятлар жаратып беремиз.

Олардың мийнети қәдирлениўин ҳәм қорғалыўын, мийнетине ылайық ҳақы алыўын, мийнет стажына қосылыўын ҳәм келешекте мүнәсип пенсия алыўы бойынша иләжлар көремиз.

Конституциямыздың 46-статьясында пенсиялар, напақалар ҳәм басқа түрдеги социаллық жәрдемниң муғдарлары, рәсмий белгиленген ең кем тутыныў қәрежетлеринен кем болыўы мүмкин емеслиги, айрықша белгилеп қойылды.

 Биз бул инсаныйлық норманы турмысқа толық енгизиў ушын барлық зәрүр ис-иләжларды әмелге асырамыз.

Халықты таза ишимлик суў менен тәмийинлеў мәселеси - мудамы дыққат итибарымыз орайында болады.

Биз бул бағдарда тараўға тартылып атырған инвестициялар көлемин кескин көбейтиў илажларын көремиз.

Пуқараларды социаллық қорғаў ҳәм бул жөнелисте исбилерменлик субъектлери искерлигин қоллап-қуўатлаў бойынша “Социаллық мәмлекет – 2030” бағдарламасын еслеп шығыў лазым деп есаплаймыз.

Мәмлекеттиң экономикалық искерлиги нәтийжесинде жүзеге келген дәраматты, әдалатлы бөлистириўди тәмийинлейтуғын, ҳуқықый механизмлерди ислеп шығыў, баслы ўазыйпамыз болып табылады.

Биз аймақлар арасындағы экономикалық бирдей өсиўди тәмийинлеў, район ҳәм қалаларды бир қәлипте раўажландырыў тәрептарымыз.

Субсидиялар бериў системасын жетилистиремиз ҳәм мәқсетли ислетилиўи үстинен жәмийетшилик қадағалаўын күшейтемиз.

Егер мәқсетсиз ислетилсе, әлбетте субсидия мәмлекетке қайтарылыўы шәрт.

Социаллық объектлер ҳәм ең әҳмийетли стратегиялық объектлерде мәмлекет мүлкин сақлап қалыў тәрептарымыз.

Бирақ, бунда пуқараларға таңлаў имкәниятын беретуғын жеке сектор раўажландырылыўы керек. Сонда ғана социаллық әдилликти тәмийинлеген боламыз.

Конституциямыздың 67-статьясында монополиялық искерлик, нызам менен тәртипке салыныўы ҳәм шеклениўи айрықша белгилеп қойылғанлығы, тосыннан емес әлбетте.

Себеби, экономика тек ғана, еркин бәсеки орталығында ғана раўажланады.

Биз бажыхана ҳәм салық жеңилликлерин жетилистириў ҳәмде жеңилликлерди анық тараўларға бериў тәрептарымыз.

Буйыртпашы ҳәм жеткерип бериўши арасында дүзилетуғын шәртнаманы, шын мәнистеги ҳуқықый қуралға айландырамыз ҳәм бул процесске ҳәкимияттың араласыўына шек қоямыз.

Ҳәр қандай тартыслар суд қарары менен шешим табыўына үстинлик беремиз.

Биз өним сапасын қатаң мәмлекет қадағалаўына аламыз, анық стандартларды жетилистирип, сапасыз өним ислеп шығарыў ҳәмде баҳаларды жасалма рәўиште көтериўге қаратылған ҳәрекетлер ушын кескин жаза шараларын қоллаймыз.

Үй-жай коммунал хызмет көрсетиў тараўындағы басқарыў кампаниялары жумысын жетилистиремиз.

Аўыл хожалығы ислеп шығарыўын илимий тийкарда шөлкемлестириў,  илим ҳәм әмелияттың өз-ара байланысын тәмийинлеў, жақын келешекте Өзбекстанның аграр тараўдағы үлкен  имкәниятларын жүзеге шығарыўда, аўыл экономикасын инновациялық раўажландырыўда, кәмбағаллық машқалаларын шешиўде, унамлы нәтийжелер береди деп есаплаймыз.

Бүгинги күнде аўыл-хожалығы тараўында ҳаўа-райының кескин өзгериўи, суў жетиспеўшилиги, жерлердиң шорланыўы сыяқлы машқалалар артып бармақта.

Бул өз нәўбетинде аўыл хожалығында хызмет алып барып атырған исбилерменлер ҳәмде физикалық шахслардың үлкен машқалаларынан бирине айланбақта.

Сол себепли биз аўыл хожалығында мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаў көлемин кеңейтиў ҳәм қамсызландырыўдың жаңа механизмлерин әмелге асырыў тәрептарымыз.

Бул бағдарда аўыл хожалығында қамсызландырыў системасының ҳуқықый тийкарларын жетилистириў, атап айтқанда  «Аўыл хожалығы тәўекелшиликлерин қамсызландырыў ҳаққында”ғы нызамды қабыл етиўди усыныс етемиз.

Исбилерменлерге кредит бериўде пайыз ставкалары коммерция ставкасында, яғный жеңиллетилген болмаса, оларды мәқсетсиз ислетилген деп жуўапкершиликке тартыў әмелиятына шек қойыў иләжларын көремиз.

Биз санаатты раўажландырыў тәрептарымыз!

Санаат электр энергиясыз болмайды. Буның ушын тек ғана атом энергетикасы емес, ал альтернатив энергия дереклеринен кеңирек пайдаланыў иләжларын көремиз.

Партиямыз көп жыллардан берли, альтернатив энергия дереклери ҳәм ресурс үнемлеўши технологиялардан пайдаланыўды алға сүрип келмекте.

Бизиңше, бул процесс хошаметлениўи, зәрур жағдайларда альтернатив энергия дереклери халықтың кем тәмийинленген қатламына мәмлекет есабынан жеңиллетилген түрде берилиўи лазым.

Биз санаатта ислеп шығарыўдың ҳәм улыўма миллий экономиканың қан тамыры есапланған, жол инфраструктурасын жақсылаўға,  бар болған жолларды оңлаўға баслы итибарды қаратамыз.

Жол қурылысы тараўында орынланып атырған жумыслардың сапасы үстинен, жәмийетшилик қадағалаўын күшейтемиз.

 Бул тараўда илимий изертлеўлеримиз жетискенликлеринен кең пайдаланыў, илимпазларымызды хошаметлеў зәрур.

Биз экономиканы инсан мәплерин есапқа алған ҳалда модернизация етиў бойынша комплексли иләжлар көремиз.

 Атап айтқанда “Санлы экономикада халық бәнтлигин тәмийинлеў-2030” бағдарламасын ислеп шығыўды усыныс етемиз.

 Мәмлекеттиң санаат потенциалын асырыў ҳәм аймақларды турақлы раўажландырыўда киши санаат зоналары, экономика ҳәм санаат кластерлериниң әҳмийетлилигин инабатқа алып, биз усы тараўдың шөлкемлестириў-ҳуқықый тийкарларын жәнеде беккемлеўге ҳәрекет етемиз.

Бул бағдарда, әсиресе, “Киши санаат зоналары ҳаққында” нызам қабыл етиў айрықша әҳмийетли есапланады.

Биз әдалатлы ҳәм нәтийжели салық ҳәмде бюджет сиясатын әмелге асырыў тәрептарымыз.

Сондай-ақ, социаллық теңлик орнатыў мәқсетинде физикалық шахслар дәраматларына прогрессив салықларды енгизиў тәрептарымыз.

Биз мәмлекет бюджети дәраматлары ҳәм қәрежетлериниң әшкаралығын тәмийинлеў, бунда барлық процесслерди санластырыў бойынша зәрур ис-иләжларды әмелге асырамыз.

III. ИЛИМ, ИННОВАЦИЯЛАР ҲӘМ БИЛИМЛЕНДИРИЎ ТАРАЎЫНЫҢ ТУРАҚЛЫ ИЛГЕРИЛЕЎИ – РАЎАЖЛАНЫЎЫМЫЗ КЕПИЛИ

Биз илим ҳәм инновацияларды раўажландырыў арқалы
илим –билимлендириў – ислеп шығарыў системаларының өз ара  байланысын тәмийинлеймиз.

Әдалатлы жәмийет ҳәм ҳуқықый мәмлекет қурыўда билимлендириў, илим ҳәм инновацияның әҳмийетин асырыў иләжларын көремиз.

Биз тек ғана илимпазларды емес, ал ойлап табыў ҳәм ойлап табыўшылардыда қоллап-қуўатлаймыз, оларға зәрүр шараятлар жаратамыз.

Сондай-ақ, интеллектуал мүлк объектлерин қорғаў, авторлық ҳуқықларының бузылыў жағдайларына байланыслы мәмлекет ҳәм жәмийетшилик қадағалаўын күшейтиў, экономиканың ҳақыйқый локомотиви болған инженер, технолог, агроном-механизатор сыяқлы қәнигелердиң санын көбейтиў ҳәм маманлығын асырыў ҳәмде қайта таярлаў иләжларын көремиз.

Мәмлекетимизде илимий изертлеўлерден алынған унамлы нәтийжелерди, медицина ҳәм ден-саўлықты сақлаў, аўыл хожалығы, азық-аўқат қәўипсизлиги ҳәм биотехнологиялар, гидрология ҳәм суў машқалалары, энергетика, альтернатив энергия дереклери ҳәм ресурс үнемлеўши технологиялар, экология ҳәм әтирап-аймақ қорғалыўы сыяқлы тараўларға енгизиў жумысларын, избе-из алып барыў арқалы мәмлекеттиң экономикалық қүдиретин жәнеде беккемлеймиз.

Өкинишлиси, экономиканың реал секторында илимий ҳәм инновациялық жумысларды коммерцияластырыў дәрежеси, илим-пән, билимлендириў ҳәм санаат ортасындағы бирге-ислесиў байланыслары, салыстырмалы алғанда төмен болып қалмақта.

Сол себепли, биз мәмлекетимизде инновациялық раўажланыўды жеделлестириў, экономиканың барлық тармақларында инновациялар ҳәм технологияларды кең ен жайдырыў, инсан капиталын, илим-пән ҳәм инновация тараўларын раўажландырыў жолынан барамыз.

Ҳәзирги кунде раўажланған мәмлекет статусына жетисиў ушын халықтың билим дәрежесин асырыў ҳәм дүньяқарасын талап дәрежесинде қәлиплестириў айрықша әҳмийетке ийе.

Сонлықтан, билимлендириўге инвестиция киритиў – халық абаданлығы, мәмлекеттиң бәсекилеслигин тәмийинлеўдиң әҳмийетли негизи есапланады.

Балалардың мектепке шекемги шөлкемлерге қамтылыўын кеңейтиў арқалы, сол шөлкемлердеги бар болған нәўбетлерди кемейтиў иләжларын көриў лазым деп есаплаймыз.

Балалар-бақшаларында жәмийетшилик қадағалаўын күшейтиўимиз зәрүр.

Әсиресе, мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи мәмлекет келешеги ушын шешиўши әҳмийетке ийелигинен келип шығып, барлық бақша ҳәм мектеплерге хызметкерлерди жумысқа алыўды ашық, айдын таңлаў  тийкарында шөлкемлестириўди жолға қоямыз.

Жаңа редакциядағы Конституциямыздың 52-статьясында мәмлекет оқытыўшылардың ар-намысы ҳәм қәдир-қымбатын қорғаў, олардың социаллық ҳәм материаллық тәрептен абаданлығы, кәсиплик тәрептен өсиўине ғамқорлық қылыўы ҳаққындағы норма өз сәўлелениўин тапты.

Биз ушын оқытыўшының абырай-итибары – бул әўеле миллеттиң, пүткил халықтың абырай-итибары.

Сонлықтан биз педагог хызметкерлердиң абырайын асырыў ҳәм жоқары статусын  белгилеў арқалы, олардың жәмийет турмысындағы ролин асырыўға қаратылған ис-иләжларды әмелге асырамыз.

Усы мәқсетте оқытыўшының статусына байланыслы нызамның тезирек қабыл етилиўин баслы мәселе сыпатында қараймыз.

Билимлендириў тараўында алдыңғы мәмлекетлер тәжирийбеси ҳәм миллий қәдириятларымызға сүйенген ҳалда, мектеплерде билим бериўдиң әмелдеги стандартларын жетилистиремиз.

Биз мектеп билимлендириўин халықаралық билимлендириў бағдарламалары тийкарында избе-из реформалаў тәрептарымыз.

Жәмийеттеги социаллық дәрежесине қарамастан, ҳәр бир инсанға жоқары мағлыўмат алыў имкәниятын кеңейтиў иләжларын көремиз.

Орайдан алыс аўылларда жасап, айрықша баҳаларға оқыған, ата-ана қарамағысыз қалған, кем тәмийинленген, талантлы жаслардың мәмлекет есабынан жоқары билим алыўын кепиллеймиз.

Сондай-ақ, 2025 -жылдан баслап бакалавриатқа кириў ушын, инглис тилин билиў бойынша миллий яки халықаралық сертификатқа ийе болыў тәртибин енгизиў иләжларын көремиз.

Усы арқали студентлерде жәҳән билимлендириўи ҳәм илимине ҳеш қандай тосқынлықларсыз қосылыў имкәнияты жаратылады.

Жоқары маманлықтағы илимий кадрлар таярлаў мәқсетинде докторантураны реформалаймыз, докторантурада илимий-изертлеў методлары, илимий мақала жазыў бойынша курсларды киритемиз, диссертация жумысын қорғаўда, абырайлы илимий базаларда, илимий изертлеўлер нәтийжелерин басып шығарыў талабын енгиземиз.

IV.  ХАЛЫҚТЫҢ САЛАМАТЛЫҒЫ ҮЛКЕН БАЙЛЫҚ, ЖӘМИЙЕТ ТУРАҚЛЫ РАЎАЖЛАНЫЎЫНЫҢ ГИРЕЎИ

Биз халыққа кепилленген медициналық хызмет көрсетиў, заманагөй технология ҳәм емлеў усылларын кең енгизиўди даўам еттириў тәрептарымыз.

Дүньяның ең алдыңғы ден-саўлықты сақлаў системалары (Тайвань, Қубла Корея, Япония, Франция, Дания, Израил, Германия ҳәм басқалар) тәжирийбесинен келип шығып, медицина тараўын жәнеде реформалаймыз.

Атап айтқанда, “ақыллы медицина” системасын қәлиплестириўдиң ҳуқықый тийкарларын ислеп шығып, медицина тараўына заманагөй мәлимлеме-коммуникация технологияларын, кең ен жайдырыў  тәрептарымыз.

Соның менен бирге ден-саўлықты сақлаў системасын социаллық мәмлекет принципине муўапықластырған ҳалда, “Өзбекстан Республикасының Ден-саўлықты сақлаў кодекси” жойбарын жәнеде жетилистириў, онда ден-саўлықты сақлаў тараўында инсан ҳуқықларына әмел етиў, халықтың барлық қатламларының медициналық хызметтен миннетдар болыўын тәмийинлеў, мәселелерине айрықша итибар қаратыў лазым деп есаплаймыз.

Әсиресе, мәмлекетлик емес медицина шөлкемлерин, коммерциялық шөлкемнен, коммерциялық емес шөлкемге өткериў бойынша әмелий иләжлар көремиз.

Медицинаның дәрамат табыў дерегине айланбаўы тәрептарымыз. Биз медицина хызметкерлериниң статусын нызам менен белгилеймиз, олардың социаллық қорғалыўын күшейтиў ҳәм оларға  турли күш ислетиўлердиң алдын алыў мәқсетинде нызамшылығымызды жетилистиремиз.

Медицина тараўында маманлық асырыўдың орайласқан системасын қайта көрип шығыўды, маманлық асырыўды қәнигелескен орайларда ҳәм ўәлаятларда шөлкемлестириўди усыныс етемиз.

Сондай-ақ, репродуктив саламатлық мәселеси, онкология, сил, қанд кеселликлериниң алдын-алыў, оларды мәмлекет есабынан емлеў айрықша дыққат-итибарымызда болады.

Биз аналық ҳәм балалықты қорғаўға айрықша итибар қаратамыз.

Аналар ҳәм балалар өлиминиң, балалардың нуқсанлы туўылыўының алдын-алыў, бағдарындағы жумысларды жетилистиремиз.

Биз, халықтың кең қатламы, әсиресе, жаслар арасында саламат турмыс тәризин жәнеде ғалабаластырыўға, дене-тәрбия ҳәм спортты раўажландырыўға, биринши нәўбеттеги ўазыйпа сыпатында итибар қаратамыз.

 Бунда ҳәр бир пуқаралар жыйыны аймағында, спорт пенен шуғылланыў ушын зәрур шараятлар жаратыў, айрықша әҳмийетке ийе есапланады.

Мәмлекет есабынан көрсетилетуғын медициналық хызметлер ҳәм дәри-дармақ қураллары дизимин жетилистириў, социаллық дәриханаларды раўажландырыў, аўыр кеселликлерди мәмлекет есабынан емлеўди кеңейтиўди қоллап-қуўатлаймыз.

Фармацевтика ҳәм медицина хызметкерлери арасындағы жасырын келисимлер изинен наўқасларға, ҳәдден зыят дәрилер сатып алыўға үндеў ҳәрекетлери, жоқарылап атырғаны бәршемизди тәшўишке салмақта.

Ашынарлысы, Өзбекстан антибиотиклерди пайдаланыў бойынша жәҳәнде жетекши орынларға шығып кетти.

Медицина мәкемелериндеги көплеген жумыслар, ашықтан-ашық фармацевтика шөлкемлери тәрепинен қәўендерлик етиледи.

Буларға шек қойыў ўақты келди. Миллет саламатлығы ҳәм генофонды усы мәселелерге байланыслы.

Медицина тараўындағы бундай мүнәсибетлер туўрыдан-туўры коррупция сыпатында баҳаланыўы лазым.

Медицина хызметкерлери ҳәм фармацевтлер ортасындағы нызамсыз байланыс толық шеклениўи керек, бундай байланыслар ҳәм саўғалар ушын жаза тайын болыўы, жаңа дәрилер ҳәм емлеў методлары тек ғана министрлик тәрепинен түсиндирилиўи лазым.

Улыўма медицина тараўындағы мәмлекет сатып алыўлары бойынша, өз алдына тәртип белгилеў тәрептарымыз.

Сол нәрсени ислеўимиз керек, дәрилердиң бирден-бир электрон базасын жәнеде жетилистириў арқалы, дәри-дәрмақлардың нызамсыз айланысына, фармацевтика ҳәм медицина хызметкерлери ортасындағы жасырын келисимлерге ҳәмде дәрилер баҳасының тийкарсыз асырылыўына, шек қойса болады деп есаплаймыз.

Бизиң ден-саўлықты сақлаў тараўындағы, әҳмийетли мәқсетлеримизден және бири, аўыллық жерлерде ҳәм билимлендириў системасында медициналық хызметти сапа жағынан жаңа басқышқа көтериў.

V. ПУҚАРАЛЫҚ ЖӘМИЙЕТИ – ДЕМОКРАТИЯЛЫҚ РАЎАЖЛАНЫЎ ТИЙКАРЫ

Өзбекстанда социаллық тураклылықты тәмийинлеў ўазыйпасы мәмлекет, ҳәкимият, бизнес ҳәм пуқаралық жәмийети институтлары – жәмийетлик бирлеспелери, сиясий партиялар, ҒХҚ, пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары ис-ҳәрекетлерин муўапықластырыўды талап етеди.

Биз социаллық раўажланыў бағдарламаларын кең жәмийетшилик қатнасында экспертизадан өткериў, биринши нәўбетте район ҳәм қалалар кесиминде, жәмийетшилик қадағалаўын күшейтиў бойынша ис-иләжларды әмелге асырыў тәрептарымыз.

Соның менен бирге биз, социаллық әҳмийетке ийе пуқаралық басламаларын қоллап-қуўатлаймыз, мәмлекетлик емес, коммерциялық емес шөлкемлер жумыслары ушын жәнеде қолай шәраятлар жаратыў ҳәмде қәўендерлик хызметин күшейтиў тәрептарымыз.

Мәмлекетлик емес, коммерциялық емес шөлкемлериниң ден-саўлықты сақлаў, билимлендириў, әтирап-аймақты қорғаў тараўларында, машқалаларды шешиўде белсене қатнасыўы, бизиң мудамы дыққат-итибарымыз орайында болады.

Пуқаралык жәмийетин раўажландырыў, халықтың руўхый жақтан өсиўи ҳәм материаллық абаданлығының артыўы ушын, биз өзин-өзи басқарыў органлары системасының, атап айтқанда мәҳәллелердиң раўажланыўы тәрептарымыз.

 Биз мәмлекет ҳәкимиятының бир қатар ўәкилликлерин мәҳәллеге өткериў тәрептарымыз.

Бул бағдарда мәҳәлле системасының ҳуқықый тийкарларын жәнеде жетилистиремиз.  

ҒХҚ ғәрезсизлиги ҳәм еркинлиги, журналисттиң еркин жумыс жүргизиўи ушын, зәрүр шараятларды жәнеде кеңейтиў, әҳмийетли ўазыйпаларымыздан бири.

Алып барылып атырған социаллық-сиясий, экономикалық реформалардың ашық ҳәм айдынлығын тәмийинлеўде ҒХҚның белсендилигин асырыў, мәмлекет ҳәкимияты ҳәм басқарыўы уйымлары жумыслары үстинен жәмийетшилик қадағалаўын, ҳәкимият ҳәм жәмийетшиликтиң турақлы байланысын тәмийинлеўде  оның ролин күшейтиў, материал-техникалық базасын жаңалаў, оны технологиялық модернизация етиў, журналист кәсиби абырайын асырыў, тараў хызметкерлериниң мийнетин материаллық ҳәм руўхый хошаметлеў мәселелери, турақлы дыққат-итибарымыз орайында болады.

Мәлим болғанындай, Конституцияда Өзбекстан дүньялық мәмлекет деп жарияланды.

Биз усы конституциялық принципти әмелде толық жүзеге шығарыў жолынан барамыз.

 Атап өтиў орынлы, әййемги ҳәм сақаўатлы диярымызда, көп әсирлер даўамында түрли миллет ҳәм елатлар, мәденият ҳәм дин ўәкиллери тыныш-татыў жасап келмекте.

Ғәрезсизлик жылларында мәмлекетимизде барлық пуқаралардың мәдений ҳәм диний өзине тәнлигин тәмийинлеўге, түрли мәдениятлар ҳәмде тиллерди сақлаў ҳәм раўажландырыўға қаратылған әҳмийетли нызам ҳүжжетлери қабыл етилди.

Миллетлераралық татыўлық ҳәм диний кеңпейиллик қатнасықларын сақлаўға, имкән беретуғын өзине сай модель жаратылды.

Биз буннан кейинде Миллетлераралық татыўлық ҳәм диний кеңпейилликти беккемлеў мәселелерине үлкен итибар қаратамыз.

Мәқсетимиз – мәмлекетимизде әсирлер даўамында бир адамның баласындай болып, бир жағадан бас шығарып, жасап келген турли миллет ҳәм елатлардың өзгешеликлерин таза сақлаған ҳалда раўажландырыўдан ибарат.

Себеби, тынышлық ҳәм турақлылықты беккемлеў, сиясий, социал-экономикалық ҳәм гуманитар тараўлардағы өзгерислердиң турақлы раўажланыўы ҳәм нәтийжели әмелге асырылыўы, халық аралық майданда, мәмлекетимиз абырайы жоқарылаўының әҳмийетли негизи есапланады.

Өзбекстан Республикасы Конституциясында, пуқаралық жәмийети институтларына бағышланған өзи алдына баптың киритилгенлиги орынлы болды.

Соның менен бирге, әмелдеги нызамшылығымызда  пуқаралық жәмийети институтлары искерлигин тәртипке салыўшы, нызам ҳужжетлери жыйнақсыз түрде болғанлығы себепли, әмелдеги нормаларды жаңа конституциялық қағыйдалар тийкарында жетилистириў, пуқаралық жәмийети институтлары жумысының кепилликлерин жәнеде күшейтиў, әҳмийетли ўазыйпаларымыздан бири.

Усы көз қарастан, пуқаралық жәмийети институтлары тараўындағы қатнасықларды тәртипке салыўшы, нызам ҳүжжетлерин жетилистириў, пуқаралық жәмийети институтлары жумысы кепилликлерин жәнеде беккемлеў, оларды мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаў, мәмлекет ҳәм  пуқаралық жәмийети институтлары арасында өз ара мәплерди есапқа алған ҳалда бирге ислесиўди раўажландырыўдың ҳуқықый механизмлерин жетилистириў, мәселелерине айрықша итибар қаратамыз.

VI. ЭКОЛОГИЯ - ӘТИРАПЫМЫЗДАҒЫ ӘЛЕМДИ ҚОРҒАЙМЫЗ!

Экологиялық машқалаларды шешиўде биз өз ҳәрекетлеримизди биринши нәўбетте, усы машқалалардың экономикалық тәреплерине қаратамыз. Барлық экологиялық машқалаларды ҳәм оның менен байланыслы пуқаралар саламатлығын қорғаў мәселелерин тек ғана, мәмлекет бюджетине жүклеў туўры келмейди.

Биз “Экологияны патаслаўшы - компенсация төлеўи лазым” деген принцип тәрептарымыз.

Биз усындай иләжларды әмелге асырыўда,  пуқаралық жәмийети институтлары, әсиресе, экологиялық жәмийетлик бирлеспелери менен тек ғана улыўма миллий көлемде емес, ал белгили аймак шараятларында, әтирап-аймақ патасланыўы, халықтың саламатлығын қорғаў менен байланыслы нызамшылықтағы кемшиликлерди анықлаў ҳәм оларды шешиў бойынша, жакыннан бирге ислесиўди жолға қоямыз.

Биз дарақлардың нызамсыз кесилиўине қарсы аяўсыз гүрес алып барамыз. Қалаларымыздағы барлық қурылыслар әмелдеги нызамшылыкқа муўапық ҳалда алып барылыўы бойынша қосымша иләжлар көриў зәрүр.

Бунда Конституциямиздың 49-статьясына киргизилген  қала қурылысы ҳүжжетлериниң жойбарлары, нызамда белгиленген тәртипте жәмийетшилик талқылаўынан өткерилиўи лазымлыгы ҳақкындағы норманы турмысымызға толық енгиземиз.

Мәмлекетимизде 21 миллион гектардан зыят жайлаў жерлери бар болып, олар шарўашылық, жипекшилик, пал ҳәррешилик сыяқлы көплеген тармақлар ушын әҳмийетли дерек есапланады.

Сол себепли биз жайлаў жерлеринен өнимли пайдаланыў иләжларын көремиз. Буның ушын биринши нәўбетте, жаңа редакциядағы “Жайлаўлар ҳаққында”ғы нызам жойбарын ислеп шығыўды усыныс етемиз.

Бизиңше бул арқалы көплеген экономикалық жойбарларға кең жол ашылады. Өзбекстанда “Қызыл китап”қа киргизилген ҳайўанларды асыраў, буннан кейинде баслы ўазыйпамыз болып қалады.

Өзбекстан флора ҳәм фауна дүньясына жүдә бай мәмлекет, өсимлик ҳәм жәниўарлардың бир қатар түрлери әсте-ақырын жоғалып бармақта, сол себепли биз тәбиятты қорғаў тараўында, әмелге асырылып атырған жумысларға айрықша итибар қаратамыз.

Бул бағдарда әсиресе, қорғалатуғын тәбийғый аймақлар тараўында мәмлекет басқарыўы системасын жетилистириўди, әҳмийетли ўазыйпа деп билемиз.

Шатқал биосфера, Замин, Сурхан, Нурата ҳәм Қызылқум мәмлекетлик қорықханалары, сондай-ақ, Төменги Әмиўдәрья мәмлекетлик биосфера резерватының материал-техникалық базасын жәнеде жақсылаймыз.

Сол себепли, биз усы тараўдағы мәмлекет сиясатының тийкарғы жөнелислерин белгилеп бериўши, жабайы ҳайўанлар жағдайын нәтийжели мониторинг етиў имкәнын бериўши, аңшылар ҳәм аңшылық хожалықларының ҳуқық ҳәм миннетлемелерин толық сәўлелендириўши, нызам ҳүжжетлери қабыл етилиўин әҳмийетли ўазыйпа деп билемиз.

VII. ҲАЯЛ – МУҚӘДДЕС, ШАҢАРАҚ – ЖӘМИЙЕТ ТИЙКАРЫ

Ҳаял-қызларымыздың шаңарақта турқан орны оғада теңсиз.

Себеби, дана ҳәм ақыллы ҳаяллар өз меҳри менен шаңарақтағы унамлы орталықты, қала берсе жәмийеттеги тең салмақлылықты сақлап турады.

Әдәлатлы жәмийет ҳәм ҳуқықый мәмлекет қурыў процессинде ҳаял-қызлар ҳәм ерлердиң тең ҳуқықлығын тәмийинлеў, ҳаял-қызлардың социаллық-сиясий белсендилигин арттырыў, олардың түрли тараў ҳәм салаларда, өз қәбилет ҳәм имкәниятларын жүзеге шығарыўы ушын шараятлар жаратыў, олардың ҳуқық ҳәм нызамлы мәплерин сөзсиз тәмийинлеў, аналық, аталық ҳәм балалықты ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаўға байланыслы нызам ҳүжжетлерин ислеп шығыў ҳәм жетилистириў, жумысларымыздың баслы жөнелиси есапланады.

Ҳаял-қызлардың бәнтлигин тәмийинлеў, мийнет шараятларын жақсылаў, әсиресе, аўыллық орынлардағы ҳаял-қызларды шаңарақлық ҳәм жеке исбилерменликке, өнерментшиликке кең тартыўға өз алдына итибар қаратамыз.

Биз ҳаял-қызлар белсендилиги ҳәм ролин асырыўда турақлы жумыс алып барып, барлық буўындағы мәмлекет ҳәкимияты ҳәм басқарыў уйымларында ҳаял-қызлар ўәкиллерин көбейтемиз.

Ҳаял-қызларға қаратылған шаңарақлық күш ислетиўлерге қарсы қабыл етилген нызамлардың сөзсиз орынланыўын тәмийинлеймиз. Бул бағдарда өз алдына бағдарламалар ислеп шығамыз ҳәм әмелге асырамыз.

Конституциямызда шаңарақ институтына айрықша итибар қаратылған. Атап айтқанда, шаңарақ жәмийеттиң тийкарғы буўыны ҳәмде жәмийет ҳәм мәмлекет қорғаўында екенлиги, мәмлекет шаңарақтың толық раўажланыўы ушын социаллық, экономикалық, ҳуқықый ҳәм басқа шараятлар жаратыўы, аналық, аталық ҳәм балалық мәмлекет тәрепинен қорғалыўы, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети шаңарақты қоллап-қуўатлаў, беккемлеў ҳәм қорғаў, дәстүрге айланған шаңарақлық қәдириятларды сақлаў бойынша иләжлар көриўи өз алдына белгиленди.

Биз усындай турмыслық конституциялық нормалардан келип шығып, “Аналық, аталық ҳәм балалықтың мәмлекет тәрепинен қорғалыўы ҳаққында”ғы нызамды қабыл етиў басламасын илгери сүремиз.

Бул өз нәўбетинде, шаңарақ институтын беккемлеўди жаңа конституциялық нормалар тийкарында, қайта көрип шығыўды ҳәмде жетилистириўди талап етпекте.

Биз шаңарақларда тең ҳуқықлы ҳәм әдил мүнәсибетти, руўхый әдеп-икрамлық орталықты беккемлеў ҳәм саламатластырыўдың нәтийжели механизмлерин жаратыўға, тийкарғы итибарымызды қаратамыз.

Ең әўеле, шаңарақлар ажырасыўының алдын алыў иләжларын көремиз. Шаңарақ институтын беккемлеў бойынша, миллий индекслерди ислеп шығамыз.

Репродуктив саламатлық ҳәм демографиялық раўажланыўды турақлы тәмийинлеў мәқсетинде “Саламат шаңарақ – саламат жәмийет - 2030” бағдарламасын ислеп шығамыз ҳәм әмелге асырамыз.

VIII. ЖОҚАРЫ МӘНАЎИЯТЛЫ ЖӘМИЙЕТ ҚУРАМЫЗ

Ҳәр қандай жәмийет беккем руўхый тийкарларға ийе болғанда ғана, раўажланыўларға ерисе алады.

Әдалат ҳәм руўхыйлық өз-ара байланысқан, егиз түсиниклер есапланады. Руўхыйлық болмаған жерде әдалатта болмайды.

Ҳуқықый мәдениятты мәнаўияттың тийкары деп билемиз, сол себепли, жәмийетте ҳуқықый сана ҳәм ҳуқықый мәдениятты жоқарылатыў мәқсетинде, Конституцияны бақшадан баслап, жаслар санасына сиңдириў системасын енгиземиз.

Руўхый тәрбияның үстинлигин тәмийинлеў ушын, мәмлекет барлық мәдений, тарийхый естеликлерди ҳәм тәбият естеликлерин дизимнен өткериўи ҳәм сақлаўы, оларға қәрежет ажыратыўы шәрт деп есаплаймыз.

Биз Өзбекстанда әдалатлы жәмийет ҳәм мәмлекет дүзиў процесслери, дөретиўши халқымыз аўызбиршилигин беккемлеў, жасларды ана ўатанға садықлық руўхында тәрбиялаў, оларда басламашылық, пидәйылық, әдеп-икрамлық пазыйлетлерди қәлиплестириў, халқымыздың, жасларымыздың руўхый дүньясын бузыўға қаратылған түрли күшлер, мәнаўий қәўиплер, мәлимлеме ҳүжимлериниң, алдын алыўдың нызамлы тийкарларын жаратыўды, өзимиздиң баслы мәқсетимиз деп билемиз.

 IX. ТЫНЫШЛЫҚ СҮЙИЎШИ, ӘДАЛАТЛЫ ҲӘМ ПРОГРЕССИВ СЫРТҚЫ СИЯСАТ ТӘРЕПТАРЫМЫЗ

Конституциямиздың 18-статьясында Өзбекстан Республикасы сырт мәмлекетлер ҳәм халықаралық шөлкемлер менен еки ҳәм көп тәреплеме қатнасықларды, ҳәр тәреплеме раўажландырыўға қаратылған сыртқы сиясатты әмелге асырыўы белгиленди.

Биз усы прогрессив нормадан келип шығып, Өзбекстанның дүнья кең жәмийетшилигине интеграциясын жәнеде тереңлестириў, узақ ҳәм жақын сырт мәмлекетлер менен еки тәреплеме өз ара мәплерди есапқа алған ҳалда байланысларды беккемлеў, халық аралық шөлкемлер искерлигинде қатнасын жәнеде кеңейтиўди әҳмийетли ўазыйпа деп билемиз.

Әсиресе, Орайлық Азияны әмелде турақлы, ҳәр тәреплеме раўажланған ҳәм жақсы қоңсышылық байланыслары жолға қойылған динамикалық – регионға айландырыў, қоңсы мәмлекетлер менен саўда экономикалық, транспорт-коммуникациялық, мәдений-гуманитарлық, илимий-техникалық тараўларда, байланысларды жәнеде тереңлестириў бойынша жумысларды даўам еттиремиз.

Ҳақыйқатын айтқанда Орайлық Азия регионы кейинги жылларда да, Өзбекстанның сыртқы сиясий искерлигиниң тийкарғы әҳмийетли жөнелиси болып қалады.

Себеби, мәмлекетимиздиң тәғдири, региондағы қоңсы мәмлекетлер тәғдири менен тиккелей байланысқан.

Биз мәмлекетимиздиң тийкарғы миллий мәплеринен келип шығып, жақын ҳәм алыс сырт мәмлекетлери менен өз-ара мәплерди есапқа алған ҳалда байланысларын жәнеде беккемлеўди, өз алдымызға мәқсет етип қойғанбыз.  

Әсиресе, алдыңғы раўажланған мәмлекетлер менен жоқары технологиялар, заманагөй инновациялар, инвестициялар тараўында, бирге ислесиў айрықша әҳмийетке ийе деп есаплаймыз.

Сондай-ақ, БМШ тың Турақлы раўажланыў бағдарламасы шеңбериндеги, социаллық ҳәм гуманитарлық жойбарларды әмелге асырыўда, өз-ара мәплерди есапқа алып, халық аралық бирге ислесиўди раўажландырыўды, әҳмийетли ўазыйпаларымыздан бири деп есаплаймыз.

 БМШ ҳәм оның қәнигелескен институтлары менен бирге ислесиўди кеңейтиў ҳәм социаллық тараўға байланыслы бағдарламаларды биргеликте әмелге асырыўда, белсене қатнасыўды қоллап-қуўатлаймыз.

Биз мәмлекетимиздиң Жәҳән саўда шөлкемине ағзалығын жеделлестириў жолынан барамыз.

Себеби, усы ЖСШне ағза болыў, миллий экономикамызда қурамлық өзгерислерди тезлестириў, оның бәсекилигин асырыў, Шөлкемге ағза мәмлекетлер менен турақлы саўда қатнасықларын орнатыў имкәниятын береди.

Бир сөз бенен айтқанда, биз дүньяда жүз берип атырған қурамалы процесслер, жақын ҳәм узақ регионларда бақланып атырған  қарама-қарсылықлар ҳәм соқлығысыўларды терең сезинген ҳалда, елимизде тынышлық ҳәм қәўипсизликти тәмийинлеў бағдарындағы жумысларды, жәнеде жеделлестириў тәрептарымыз.

“Адолат” СДП талабаны өз алдына, жоқарыда атап өтилген, жоқары инсаныйлық ҳәм  ҳақ нийетли мәқсет ҳәм ўазыйпаларды белгилеп алған.

Олар әдалатлы жәмийет, ҳуқықый мәмлекет қурыўда, социаллық  реформалардың нәтийжелилигин тәмийинлеў, мийнеткеш халқымыз ушын мүнәсип абадан турмысты қурыў, мәмлекетимизде турақлылыққа ҳәм  социаллық әдалат үстинлигине ерисиўге қаратылған.

Турмыста социаллық әдилликти орнатыў, әлбетте, бир қанша факторларға байланыслы. Сайлаўшыларымыздың белсене қатнасы ҳәм кеўил қәлеўи  тийкарында, биз мәмлекетимизде кейинги 7 жыл даўамында, усы мәқсетлерди турмысқа енгизе аламыз.

Исеним менен айта аламыз, партияның бундай жоқары мәқсетлери, сайлаўшылар тәрепинен қоллап-қуўатланады!

Сайлаўда партиямыз көрсеткен талабан қоллап-қуўатланса, әзиз ўатанласларымыздың тыныш ҳәм абадан турмысы, белгиленген ўазыйпаларды жүзеге шығарыў ушын, бар күш-ғайратымызды жумсаймыз!

Өзбекстан – бизиң улыўма үйимиз. Солай екен, оның ҳәр бир пуқарасы еркинлик ҳәм әдалатта, тынышлық ҳәм абаданлықта жасаўға ҳақылы!

Әдалатлы жәмийет ҳәм ҳуқықый мәмлекетти биргеликте қурамыз!